Пекинде дүнья жүзиниң басқа ҳәр қандай қаласына қарағанда көбирек миллиардерлер жасайды, деп жазады «ВВС».
Өткен жылы 33 болған Қытай пайтахтындағы миллиардерлердиң саны быйыл 100 ге жеткен. Коронавирус пенен табыслы гүреси, технология компаниялары ҳәм фонд базарының раўажланыўы Қытайда бай адамлардың көбейиўине тийкар болған. Оған шекем миллиардерлер көп қала Нью-Йорк болып, онда 99 миллиардер болғаны айтылған еди.
Бай адамлардың саны 698 ге жеткен Қытай, 724 миллиардерли АҚШқа жақынласып қалды. Үшинши орында Ҳиндстан тән алынған, онда 140 адам миллиардер екенлиги айтылмақта.
ӨзА