«Казинформ» агентлигиниң Қазақстан Президентиниң баспасөз хаткери Берик Уалидиң социаллық тармақлардағы рәсмий бетине сүйенип хабар бериўинше, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Қарағанда фармацевтика заводында ислеп шығарылған «Спутник-V» вакцинасы менен шаншылған.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекет басшысының жағдайы жақсы, вакцинаның ҳеш қандай унамсыз  тәсири бақланбаған.

Президентиң атап өтиўинше, Қазақстан пуқараларының шаншылыўы ҳәм жәмәәтлик иммунитеттиң қәлиплесиўи коронавирусты жеңиў, барлық шеклеўлерди бийкарлаў, адамлардың күнделикли турмысына қайтыўы, экономиканы тиклеў  имканиятын береди. Мәмлекет басшысы  пуқараларды және бир мәрте илажы барынша тез вакцина қабыл етиўге шақырған. Бул өзи ҳәм жақын туўысқанларын сақлаўдың бирден-бир жолы болып есапланады, дейди мәмлекет басшысы.

«Буннан алдынырақ Қазақстан Президенти ҳүкиметке және жергиликли атқарыў уйымларына сырт елден вакцина келтириў және жергиликли шараятта да өндиристи  жолға қойыў, сондай-ақ шаншыў илажларын шөлкемлестириўди тәмийинлеў ўазыйпасын қойған», – деди Берик Уали.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги