Өзбекстан футбол ассоциациясы Тәртип-интизам комитетиниң гезектеги жыйналысы болып өтти. Бул ҳаққында ассоциация рәсмий каналы хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, Про лиганың 2-туры шеңбериндеги «Арал самалы» – «Хорезм» ушырасыўы жуўмақланғаннан соң «Арал самалы» командасының жанкүйерлери өз наразылығын турпайы түрде көрсетип, майданға ҳәр қыйлы буйымларды ылақтырған. Егер бундай жағдай қайталанса, клуб үй ушырасыўын жанкүйерлерсиз өткериўи бойынша ескертилди.
Сондай-ақ, «Арал самалы»ның бас тренери Тимур Турдиев төрешилерден наразылығы бойынша ойын протоколына жазба арза жазбастан, буның орнына ҒХҚ арқалы өз наразылығын билдиргени ушын жәрийма интизамлық шарасы қолланылды.
Өзбекстан футбол ассоциациясы жәриялаған хабарда бас тренер Тимур Турдиевтың қанша муғдарда жәриймаға тартылғаны ҳаққында анық мағлыўмат келтирилмеген.
Мағлыўмат ушын, Нөкисте өткен Про лиганың 2-туры шеңбериндеги «Арал самалы» – «Хорезм» ушырасыўы 1:1 есабында жуўмақланып, мийманлардың екинши бөлим ақырындағы «Арал самалы» дәрўазасына киргизген тобы ҳәм төрешилердиң улыўма ойын даўамындағы ҳәрекетлери жанкүйерлердиң наразылығына себеп болған еди.
Өткерилген еки тур нәтийжелерине муўапық, «Арал самалы» командасы улыўма 4 упай менен турнир кестесинде 4-орынды бәнтлеп турыпты. Жерлеслеримиз 3-турды усы жылдың 5-апрель күни улыўма 6 упай менен кестени баслап турған Самарқандтың «Динамо» командасына қарсы мийманда өткереди. Ойын саат 18:00 де басланыўы жобаластырылған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.