Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасының ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы өткерилди. Онда басқарма баслығы Т.Fаниев басқарма тәрепинен 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2021-жылғы режелери туўралы кең түрде мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, есап бериў дәўиринде басқарма, оның район (қала)лық бөлимлери тәрепинен ҳәрекет етип турған
29 988 кәрхана ҳәм мәкемелерден 117 түрдеги есабат ҳәм бақлаўлардан
77 396 статистикалық есабатлар қабыллап алынды.
Усының нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша экономикалық тармақлар бойынша 2020-жыл январь-декабрь айларында жалпы аймақлық өним 21 трлн. 200 млрд. сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў пәти 102,6 процентти қурады ҳәм халықтың жан басына ислеп шығарылған жалпы аймақлық өним көлеми 11 млн. 093 мың сум болған болса, жалпы аймақлық өнимниң (Өзбекстандағы үлеси 3,7 процентти қурайды):Санаат тараўындағы көлеми 14 трлн. 144 млрд. сумды қурап, өткен жылға салыстырғанда өсиў пәти 104,1 процентти қурады ҳәм халықтың жан басына ислеп шығарылған санаат өниминиң көлеми 7 млн 401 мың сумды қурады (Өзбекстандағы үлеси 3,9 процентти қурайды)…
Усы жылдың 1 январь ҳалатына «Кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң бирден-бир мәмлекетлик рееистри» мағлыўматлар базасында дизимнен өткен кәрханалардың саны 36356 болып, бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 4266ға көбейген.
Ал, ҳәрекет етип турған кәрханалардың саны 29988 болып, өткен жылға салыстырғанда 4185ке көбейген.
Жаңадан ашылған кәрханалар 5212 ге жетип, өткен жылға салыстырғанда 448 ге көбейген.
Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын халықтың саны 2021-жыл 1-январь ҳалатына 1 млн. 923 мың 785 адамды қураған ҳәм 2020-жыл басынан 25 мың 434 адамға яки 1,3 процентке өскен.
2020-жылдың январь-декабрь айларында Қарақалпақстан Республикасында орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақы 2 млн 383 мың сумды қурады,
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-февральдағы ПП-5655-санлы пәрманына ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен Республикамызда халықты дизимге алыў илажы 2023-жыл
1-25-ноябрь күнлери өткерилиўи белгиленди. Басқарма тәрепинен усы пәрман ҳәм қарарларда көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.
– Атап айтқанда, халықты дизимге алыўды өткериўге көмеклесиў бойынша қала ҳәм районлық комиссиялар, кадастр бөлимлери тәрепинен, қала ҳәм районлардың елатлы пунктлериниң схематикалық карталары таярланды,-дейди Т.Fаниев. – Бүгинги күнде таярланған схематикалық карталардың ҳақыйқый жағдайға сәйкеслиги үйренилмекте.
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў министрлиги, қала ҳәм район ҳәкимликлери жанындағы халықты дизимге алыўды өткериўге жәрдемлесиў бойынша жергиликли комиссиялар тәрепинен елатлы пунктлерде жасаўшылардың саны көрсетилген ҳалда турақ жайлардың дәслепки дизими қәлиплестирилип, мәмлекетлик статистика комитетине усынылды.
Ҳәзирги күнде бул дизимлерди жаңалаў жумыслары алып барылмақта.
Сондай-ақ, қарардың мазмун-мәниси ҳәм атқарылыўы бойынша алып барылып атырған жумыслар туўралы халықты хабардар етиў мақсетинде жергиликли телевидениелерде көрсетиўлер шөлкемлестирилип, радио еситтириўлер, газеталарда мақалалар жарияланды, расмий веб-сайтларда да мақалалар жайластырылды. Сондай-ақ, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында, мектеп, мәҳалле және басқа да шөлкемлерде үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Ҳәзирги күнде халықты дизимге алыў ушын басланғыш таярлық жумыслары алып барылмақта.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 26-февралдағы «Аўыл хожалығы тараўындағы статистикалық мағлыўматлар базасын кеңейтиў ҳəм муўапықластырыў илажлары ҳақында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарарда 2024-жылы аўыл хожалығы тараўын дизимнен өткериў жумыслары алып барылатуғынлығы белгиленген. Бунда дийқан, фермер хожалықлары ҳəм аўыл хожалығы менен шуғылланыўшы кəрханалардан аўыл хожалығы объектлериниң экономикалық жумыс түрлери, мийнет ҳәм жер ресурслары, олардан пайдаланыў жағдайлары, аўыл хожалығы егислик атызлары, көп жыллық мийўе бағлары ҳəм жүзим майданлары, ыссықхана майданлары, минерал ҳəм органикалық төгинлер салыў муғдары, шарўа маллары ҳəм үй қусларының бас саны, аўыл хожалығы өнимлериниң сатылыў муғдары, аўыл хожалығы техникалары, машина ҳəм үскенелер санын есапқа алыў статитикалық мағлыўматлардың исенимлилигин ҳəм анықлығын тəмийинлеўи кереклиги режелестирилген.
Статистикалық есабатлар электрон көринисте усы күнге шекем
Estat 3.0 программасынан пайдаланып келинген болса ҳәзирги ўақытта, статистикалық есабат тапсырыўшы субъектлерге көплеген қолайлықлар жаратыў мақсетинде онлайн веб-платформа (браузер) электрон ключ (ЭЦП) арқалы электрон көрнисинде есабатларды тапсырыў жолға қойылды.
Баспасөз конференциясы қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги