Наўрыз әййямын күтип алыўға таярлық көриў ҳәм оны мүнәсип белгилеў ушын быйыл да үлкен таярлықлар көрилмекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 10-март күнги арнаўлы бийлигине муўапық, 13-март күни елимиздиң барлық аймақларында «Абат ҳәм көркем мәҳәллем» улыўмахалықлық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў қайырқомлық шембилиги өткерилмекте.

Ҳаўа райының салқын болыўына қарамастан пүткил халқымыз, соның ишинде, республикамыздағы барлық мийнет жәмәәтлери орынларда бир қатар абаданластырыў жумысларын алып барып, майыплығы болған инсанлар, жалғыз баслы кекселер, бағыўшысын жоғалтқан, кем тәмийинленген шаңарақлардан хабар алынады.

Бул илажды өткериўден мақсет – «Наўрыз» улыўмахалықлық байрамын мүнәсип күтип алыў менен бирге, халқымыз арасында миллий қәдриятларымызға тән болған  өз-ара мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршиликти  күшейтиў, аймақлардағы эпидемиологиялық тынышлықты сақлаў, санитариялық-гигиеналық мәдениятты үгит-нәсиятлаў, бийғәрез жәрдем сыяқлы ийгиликли пазыйлетлерди беккемлеў, мәҳәллелерди абаданластырыў, республикамыздың барлық жерлеринде санитариялық жағдайды жақсылаў болып есапланады.

– Улыўмахалықлық шембилик даўамында республикамыз бойынша 240 мыңға шамалас адам қатнаспақта, соннан 142 мыңнан асламы жаслар,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң бөлим баслығы А.Пиримбетов.  – Жәми 655 гектардан аслам жер абаданластырылады. 469 қойымшылық, 8 зыярат етиў орынлары, 258 километрлик жап-салмалар тазаланады.

Сондай-ақ, тийисли шөлкемлер менен биргеликте халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына да бийғәрез жәрдем көрсетилип, 149 шаңарақтың турақ жайларында оңлаў жумыслары алып барылады. 153 майыплығы болған шахслар ҳәм жалғыз баслы кекселерден хабар алынып, оларға материаллық жәрдемлер көрсетиледи.

Улыўмахалықлық шембилик республикамыздың барлық район, қала ҳәм аўылларында шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы