Усы жылдың 21-26-февраль күнлери Ташкент қаласындағы Республикалық олимпия резервлери колледжиниң жүзиў бассейнинде 2007-2008-2009-жылларда туўылған спортшылар арасында жүзиў бойынша Өзбекстан чемпионаты жарысы болып өтти.

 

Жарысқа Өзбекстанның барлық аймақларынан 16 командада 400 ге шамалас спортшылар қатнасты.

 

Қарақалпақстан Республикасы командасы қурамында чемпионатқа қатнасқан Нөкис олимпия резервлери колледжиниң тәрбияланыўшысы Улмамбет Азатбаев еки гүмис медалын қолға киргизди.

 

Жүзиўдиң брасс усылында қатнасқан жерлесимиз дәслеп 100 метр, соңынан 200 метр аралыққа жүзиўде екинши болып келип, еки гүмис медалын жеңип алды.

 

Мағлыўмат ушын, жүзиў бойынша усы колледждиң оқыўшысы Әдилбек Юсупбаев Өзбекстан чемпионатында 9 алтын медальды, сондай-ақ, Азия чемпионатында жеңимпазлар қатарынан орын алғаны халқымызды қуўанышқа бөлеген еди.

Спортшыны жарысқа Нызаматдин Атамуратов таярлады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.