Шыпакердиң пикиринше, картошка асқазанға унамсыз тәсир етеди. Тамыр мийўе қурамында зыянлы органикалық бирикпе – соланин болыўы мүмкин: ол өсимликти бактерия ҳәм айырым шыбын-ширкейлерден қорғайды. Соланин организмге түсиўи арқалы асқазан бузылыўы, күшли қарын аўырыўы ҳәм кеўил айныўын қозғаўы мүмкин.
Сондай-ақ, шыпакер соланинниң токсикалық тәсиринен қалай сақланыў керек екенлигин түсиндирип берди.
«Денсаўлық пенен байланыслы машқалалардың алдын алыўда ең жақсы усыл – ески, жасыл ямаса түйинлери өнип шыққан картошкаларды пайдаланбаў»,-деди Монфулледа.
Зәҳәрленип қалыўдың алдын алыў ушын картошканы сыртқы қабығы менен бирге пайдаланыўды шеклеген мақул. Егер де, аўқат ашшы болса, оны жемеў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги