Ғоза жеў 50 жастан асқан ҳаялларда жүрек-қан тамыр кеселликлери ҳәм деменция себепли ерте қайтыс болыўдан сақлап қалады. Себеби оның қурамында көп муғдарда өсимлик белогы бар. Изертлеў нәтийжелери «Journal of the American Heart Association» журналында басып шығарылған.
Илимпазлар ҳайўан, сондай-ақ, өсимлик белогин жеў дәрежесине қарап тәжирийбе қатнасыўшыларын бес топарға (квинтили) ажыратты. Белгили болыўынша, өсимлик белогин көп жеген ҳаялларда биринши квинтили қатнасыўшылары менен салыстырғанда себебине қарамастан өлимшилик қәўпи тоғыз процентке азайған, өлимшилик қәўпи жүрек-қан тамыр кеселликлеринен 12 процентке ҳәм деменциядан 21 процентке азайған.
Қайта исленген қызыл гөшти көп пайдаланыў деменциядан қурбан болыў қәўпин 20 процентке арттырған.. Қайта исленбеген гөш, мәйек ҳәм сүт өнимлерин көп пайдаланыў болса жүрек-қан тамыр кеселликлеринен 12,24 ҳәм 11 процентке арттырған.
Қәнигелер қызыл гөш, мәйек ямаса сүт өнимлериниң орнына ғоза жеў алмастырылған белок түрине қарап барлық себеплерге қарамастан 12-47 процентке азайтатуғынын анықлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги