Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими басламасы менен шөлкеместирилген «Шоманай жаслары форумы» шеңберинде сектор басшыларының кубоклары ушын өткерилген спорт жарыслары өз жуўмағына жетти. Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың киши футбол түринен «Ҳәким кубоги», Дийқанабад аўыл пуқаралар жыйыны аймағында спорттың баскетбол түринен «Прокурор кубоги», Бегжап аўыл пуқаралар жыйынында спорттың волейбол түринен «Ишки ислер бөлими баслығы кубоги» ҳәм Наўрыз мәкан пуқаралар жыйыны аймағында спорттың стол теннис түринен «МСИ баслығы кубоги» ушын жарыслар өткерилип, 23-февраль күни Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде усы жарыслардың жуўмағы бойынша сыйлықлаў мәресими өткерилди. Сыйлықлаў мәресиминде ҳәким орынбасарлары, сектор ҳәм мәкеме, шөлкемлердиң басшылары, мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары баслықлары, 300 ден артық спортшы-жаслар қатнасты.

 

 

Сектор басшылары тәрепинен жеңимпазларға ҳүрмет жарлықлары, медальлар, баҳалы саўғалар ҳәм арнаўлы кубоклар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги