Bloomberg тәрепинен есаплап шығылған Bloomberg Billionaires Indexке бола, Amazonның тийкарын салыўшысы Жефф Безос дүньяның ең бай адамлары дизиминде биринши орынды ийелеп турған SpaceX ҳәм Tesla басшысы Илон Маскти артта қалдырды.

Агентликтиң соңғы мағлыўматларына бола, Безостиң байлығы 191 миллиард долларды, Масктики болса  190 миллиард долларды қурайды.

Безос  2017-жылдан  2021-жылдың 7-январына шекем Маск ийелеп турған дүньядағы ең бай адам дизиминиң биринши орнына шығып алды.

Үшинши орынды 137 миллиард доллар байлығы менен Microsoftтың тийкарын салыўшысы Билл Гейтс ийелеп турыпты, төртинши орында Louis Louis Vuitton президенти Ҳенесси Бернеард Арно (116 миллиард). Дүньядағы ең бай бесликтиң соңғы текшесинде Facebookтың тийкарын салыўшысы Марк Цукерберге. Оның улыўма  104 миллиард доллар байлығы бар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги