«Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Ақ кеме» балалар саўаландырыў орайында райондағы жәмлеспеген жаслар арасында спорттың футбол ҳәм стол тенниси бойынша Мойнақ район ҳәкиминиң кубоги жарыслары болып өтти.

 

 

 

Қызғын беллесиўлерге бай болып өткен жарыста 1-орынды «Мойнақ»,  2-орынды «Таллыөзек»  ҳәм «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынының жаслары ийелеўге миясар болды.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар район ҳәкимлиги тәрепинен Ҳәким кубоги ҳәм сыйлы саўғалар менен сыйлықланды.

 

 

 

 

Сондай-ақ, илаж даўамында қатнасыўшыларға республикамызға белгили эстрада қосықшылары ҳәм районлық мәденият бөлиминиң «Арал ырғақлары»  ансамбли тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.