2020-жылы Нөкис қаласында коронавирус инфекциясы бойынша эпидемиологиялық жағдай қурамалы болып, қала аймағында карантин шеклеўлерин күшейтиўди талап етти.

Бизлер жақында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети Нөкис қалалық  бөлиминде болып, бөлим баслығы Сайра Сейтовадан соңғы ўақытлары исленип атырған  жумыслар жөнинде айтып бериўин өтиниш еттик.

Нөкис қаласы аймағында  дизимге алынған кеселлениўшилик жағдайларын анализлегенимизде  жыл даўамында коронавирус инфекциясының алдын алыў бойынша эпидемиологиялық турақлылық  бақланғанын көриўимизге болады.

 

 

Өткен жыл даўамында Вирусологиялық анализ нәтийжелерине қарап оң нәтийже (положительный) анықланған наўқаслардың ҳәр күни дизими шөлкемлестирилип, ҳәр бир кеселлик ошақларында мәкеме қәнигелери тәрепинен эпидемиологиялық сорастырыў жумыслары алып барылды ҳәм наўқас пенен қатнаста болғанлардың дизими алынды. Бул жумыслар менен биргеликте аймақлық медицина бирлеспеси, ишки ислер бөлими ҳәм миллий гвардия хызметкерлери карантинге алыў бойынша жумыслар шөлкемлестирилип, наўқас жасайтуғын аймақта  дезинфекция  жумыслары жүргизилди.

Сондай-ақ, бул кеселликтиң Республикамызға кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде Нөкис халық аралық аэропортында шөлкемлестирилген Санитария карантин пункти арқалы 31762 жолаўшы, соннан 774 шет ел пуқаралары тексериўден  өткерилди. Ал, январь айында болса, 2482 жолаўшы көзден өткерилип, оларда аса қәўипли жуқпалы кеселликлер анықланбады.  Бул  СКП да ислеўши хызметкерлер тексериў ушын зәрүр болған пирометр, тепловизор ҳәм градусниклер менен тәмийинленген.

Соның менен бирге қала аймағы бойлап коронавирус инфекциясына қарсы  кең түрдеги профилактикалық  дезинфекция жумыслары алып барылды.

 

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-февральдағы 5884-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы  Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2012-жыл 10-августтағы 200-санлы буйрығына тийкарланып, исбилерменлик субьектлерине қолайлық жаратыў мақсетинде  усы жылдың 3-5-февраль күнлери Нөкис Дийқан базарында саўда-сатық ислеўши исбилерменлерге көшпели медициналық тексериў шөлкемлестирилип, бунда 143 исбилермен тексериўден өткерилди.

«Нөкис Дийқан базары» акционерлик жәмийети директорына болса, бир неше мәрте аўқаттан зәҳәрлениў, соның ишинде «Ботулизм» кеселлигиниң  алдын алыў бойынша усыныс, плакат ҳәм брошюралар берилди. Сондай-ақ, бундай усыныслар базарларда халыққа хызмет көрсетиўши дүкәнлар, аўқатланыў орынлары ҳәм өндирис кәрханаларына да берилмекте.

Ботулизм кеселлигиниң алдын алыў бойынша түсиник жумыслары аймақлық поликлиникалар ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны аймақларында да даўам етпекте.

 

 

Көпшиликке мәлим болғанындай бүгинги күни Нөкис қаласында халықтың балалар бақшаларына деген талабы күннен-күнге артып, аймақларда исбилерменлер тәрепинен жеке шериклик тийкардағы шаңарақлық бақшаларын ашыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда 2020-жылдың декабрь айынан февраль айының 15-сәнесине шекем  исбилерменлер тәрепинен шаңарақлық бақшалар ашыўға рухсат алыў бойынша бөлимимизге 31 мүрәжат келип түсип, соның 13 ине СанПиН 0355-18 Н ҳәм К минимал талапларына жуўап беретуғынлығы анықланды ҳәм оларға унамлы жуўмақлар берилди. Ал, 18 ине болса, орын алған кемшиликлерди сапластырыў бойынша усыныслар берилди.

Буннан тысқары бөлимимизге Орта арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилип атырған асханаларда ижарада турыўшы исбилерменлер тәрепинен усы обьектлердиң санитариялық жағдайын көрип шығып оларға тийисли  жуўмақ бериўин сораған 11 мүрәжат келип түсти ҳәм соннан 5 исбилерменге СанПиН 0288-10 ға тийкарланып унамлы жуўмақлар берилди. Ал, 6 исбилерменге болса, жеке гигиена қағыйдаларын сақлаў ушын водопровод канализациялар, вентиляция  менен тәмийинлениўи, балалардың  қол жуўыўы ҳәм зыянсызландырыўылыўына шараятлар жаратылыўы ушын усыныслар берилди.

Усылар менен бир қатарда  коронавирус кеселлигине қарсы ерте диагноз қойыў бойынша қаламыздың  үш орнында, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы вирусология басқармасы лабораториясы, «Medikai Centre» ЖШЖ, «Әжинияз медицина орайы» ЖШЖ да ПЦР лабораториясы шөлкемлестирилген.

Ал коронавирустың Британия штаммы түрин ерте анықлаў Ташкент қаласындағы Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажландырыў орайында жолға қойылған. Егер, бул кеселлик халқымыз арасында гүман етилген  жағдайда наўқастан алынған анализлер сол орайға тексериў ушын жибериледи.

 

Жазып алған: Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.