Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының екинши жалпы мәжилиси ҳаққында Мәлимлеме

186

 

2024-жылдың 18-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының екинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризде өткерилген жалпы мажлисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.

Сенаттың екинши жалпы мәжилисинде “2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, 2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам халықтың абаданлығын арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, социаллық тараў хызметлери сапасын және де арттырыў, “жасыл экономика”ны раўажландырыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға қаратылған. Оған бола 2025-жылы экономикалық шараятларды есапқа алған ҳалда инфляция дәрежеси 7 процент әтирапында болыўы прогноз етилмекте.

Атап айтқанда, нызамда орта мүдетте консолидацияласқан бюджет дефицитлигин жалпы ишки өнимге қарағанда 3 проценттен асырмаў ўазыйпасынан келип шығып, 2025-жылы консолидацияласқан бюджет дәраматлары 431,0 триллион сум, қәрежетлер болса 480,5 триллион сум муғдарда қәлиплестирилген.

Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 308,5 триллионн сумды, қәрежетлери болса 344,8 триллионн сумды қурамақта. Мәмлекетлик мақсетли қорлардың дәраматлары ҳәм қәрежетлери (бюджетлераралық трансфертлар есапқа алынбаған ҳалда) тийислисинше 66,4 триллион сум ҳәм 62,8 триллион сум муғдарында режелестирилмекте.

Нызамда кейинги жылы да қәрежетлердиң социаллық бағдарланғаны сақлап қалынған болып, Мәмлекетлик бюджети қәрежетлериниң 52 проценти яки 177,7 триллион сумы социаллық тараўға бағдарланбақта.

Сенаторлар нызамды додалаў процессинде бюджет дәраматларын арттырыўға, бюджет қәрежетлерин мақсетли сарыплаўға айырықша итибар қаратты ҳәм өз пикирлерин билдирди.

Нызамда 2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет қәрежетлеринде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў илажлары ушын 3,6 триллион сум нәзерде тутылған. Денсаўлықты сақлаў тараўына болса 41,3 триллион сумды яки 2024-жылғы күтилип атырған орынлаўға салыстырғанда 19,8 процентке көбейген ҳалда ажыратыў режелестирилмекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман ҳәм қарарлары, Министрлер Кабинетиниң қарарларында 2025-жылы аймақлардағы әҳмийетли социаллық машқалаларды шешиў, мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў ҳәм мәмлекет әҳмийетине ийе илажларды әмелге асырыў бойынша белгиленген илажлар ушын да қаржы ажыратыў нәзерде тутылмақта.

Сенаторлар өз шығыўларында ныхамда бюджет дәраматлары базасын кеңейтиў, мәмлекетимизде халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў тараўларын ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў, сондай-ақ, тәбиятты асыраўды хошаметлеў мәселелерине итибар қаратылғанын атап өтти.

Додалаў жуўмағында усы нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Кейиншеллт жалпы мәжилис даўамында “Салық ҳәм бюджет сиясатының 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Нызам менен 2025-жылға мөлшерленген салық-бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларын белгилеў, соның ишинде, сиясатының тийкарғы бағдарларын белгилеў, әмелдеги нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеми келисимлерине муўапықластырыў, Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық сәўбети шеңберинде бизнес жүргизиўди жеңиллестириў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалары орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде айырым нызамшылық ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

2025-жыл ушын белгиленген салық сиясатында тийкарғы салық ставкалары қосылған қун салығы 12 процент, пайда салығының базалық ставкасы 15 процент, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы 12 процент, юридикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық ставкасы 1,5 процент, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын жер салығы 0,95 процент, аўыл хожалығы жерлерин суўғарыў ҳәм балықларды жетистириў (өсириў) ушын суў ресурсларынан пайдаланыў ушын салық 1 куб метрге 100 сум, социаллық салық 12 процент (бюджет шөлкемлери – 25 процент), айланыстан алынатуғын салық 4 процент муғдарында өзгериссиз қалдырылмақта.

Нызам қабылланғаны нәтийжесинде исбилерменлик субъектлерине қолайлы шараятларды жаратыўға имкан беретуғын салық миннетлемелерин орынлаў бойынша тийисли ҳуқықый мүнәсибетлердиң тәртипке салыныўы тәмийинленеди.

Атап өтилгениндей, салық сиясатында тийкарғы салық ставкаларын өзгериссиз сақлап қалған ҳалда халықты саламат турмыс тәризине тартыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаўды хошаметлеў бағдарлары нәзерде тутылмақта.

2025-жылдың 1-январьнан баслап исбилерменлер ушын салық жүгин кемейтиў арқалы қолайлы бизнес орталығын жаратыў мақсетинде мобиль байланыс хызметлери ушын акциз салығы бийкарланбақта ҳәм барлық баспа ҳәм полиграфиялық кәрханалары 2025-жылдың 1-январьнан 2029-жылдың 1-январьна шекем пайда салығынан азат етилмекте.

 

Нызамда халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жергиликли бюджетке тийисли ўәкилликлери кеңейтилген. Оларға район ҳәм қалалардың экономикалық раўажланыў дәрежесинен келип шығып, жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң салық ставкасын ең кем ҳәм ең жоқары ставкалар (диапазонда) шеңберинде белгилеў ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў ушын салық ҳәм рудалық қурылыс материаллары бойынша жер астынан пайдаланыў ушын салық ставкаларына асырыўшы ҳәм кемейтиўши коэффициентлер қоллаў ўәкилликлери берилмекте.

Сенаторлар өз шығып сөйлеўлеринде нызамда бюджет дәраматлары базасын кеңейтиў, салық сиясатын белгилеўде саламат турмыс тәризин жақсылаў ҳәм тәбиятты қорғаўды хошаметлеў мәселелерине итибар қаратылғанын атап өтти.  таъкидлади.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, сенаттың екинши жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының “2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам талқыланды.

Мәмлекетимизде жаслардың заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди ийелеўин тәмийинлеў мақсетинде билимлендириў тараўында системалы реформалар әмелге асылылмақта. Кейинги жыллары ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир аўыл, ҳәтте алыс-алыс аймақларда да социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктураларын раўажландырыў бойынша көплеген нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы жылы аймақлардағы әҳмийетли социаллық машқалаларды, мәҳәллелерде инфрастурктура менен байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди шешиў ҳәм мәмлекетлик әҳмийетке ийе илажларды әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы ҳәм қарарлары, Министрлер Кабинетиниң  қарарлары қабылланған.

Буннан тысқары, мәмлекетимиздиң салық, бажыхана ҳәм бюджет нызамшылығын Жәҳән саўда шөлкеминиң талаплары менен сәйкеслестириў бойынша қатар илажлар қорилип атыр.

Нызамда исбилерменлик ҳәм киши бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде коммерциялық банклериниң устав капиталын арттырыў ушын 2,5 триллион сум, мәҳәллелерде инфраструктура менен байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди шешиў бойынша қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыўға 1,3 триллион сум, билимлендириў кредитине болған талаптың жоқары екени ҳәм өткен жылы болған қарыздарлықты қаплаў ушын билимлендириў кредитин қаржыландырыў қорына 840,5 миллиард сум қосымша рәўиште ажыратыў белгиленген.

Социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик әҳмийеттеги илажларды әмелге асырыў ушын Министрлер Кабинетиниң резерв қорына 524,8 миллиард сум, Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қорына 200 миллиард сум қосымша қаржы ажыратыў нәзерде тутылған.

Нызамда бир-бирин тәкирарлайтуғын штатлар бирликлери қысқарғаны есабынан бюджет қәрежетлери тежелип атырғаны ҳәм объектлерди жойбарластырыў, қурыў (реконструкциялаў) ҳәм оңлаў ушын капитал қойылмаларға режелестирилген қәрежетлер ҳәм усы жылы бюджет қәрежетлерин өзлестириў имканиятларынан келип шығып, айырым қәрежетлер оптималластырылмақта.

Нызамда республика бюджетиниң қәрежетлери дерлик 10 триллион сумға асырылмақта.

Сенаторлар 2024-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызамға киргизилип атырған барлық өзгерислер республика бюджетинен ажыратылып атырған қаржылардың мақсетли, нәтийжели ҳәм нәтийжеге бағдарланған ҳалда сарпланыўына, әҳмийетли машқалалардың шешимин табыўға ҳәм оларды қәрежет пенен тәмийинлеўге қаратылғанының әҳмийетин атап өтип, бул нызамды мақуллады.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының екинши жалпы мәжлисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенаты

Мәлимлеме хызмети