Эмомали Раҳмон Тәжикстандағы жетекши партия басшылығына қайта сайланды

195

Президент Эмомали Раҳмон мәмлекеттиң жетекши Тәжикстан халық демократиялық партиясы басшылығына қайта сайланды. Партия кеше, 18-декабрь күни Душанбеде өткерген XV қурылтайда даўыс берилген.

Атап өткениндей, 72 жаслы президет қурылтай ашылыўында партия ағзалары ТХДП 30 жыллығы менен қутлықлап, оның кейинги 5 жыллықта ерискен жетискенликлери ҳаққында айтып берген.

Мағлыўмат ушын: Эмомали Раҳмон 1998-жыл 18-марттан берли ТХДП жетекшиси болып саналады. Ол Тәжикстанды президент сыпатында басқарып атырғанына 30 жылдан асты. (1994-жыл 16-ноябрьден берли).- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги