Жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестацияны жумыс бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлерде шөлкемлестириў әмелияты енгизиледи

«Жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў шөлкемлериниӊ питкериўшилериниӊ жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестацияны шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, 2025-жыл 1-январьдан баслап жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниӊ жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясын жумыс бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлерде де уйымластырыў әмелияты енгизиледи.
Төмендегилер тастыйықланды:
— Жоқары билимлендириў шөлкемлериниӊ жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясын өткериў тәртиби ҳаққындағы реже;
— Кәсиплик билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниӊ жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясын өткериў тәртиби ҳаққындағы реже.
Сондай-ақ, диплом жойбары ҳәм питкериўшилер маманлық жумысы қорғалатуғын бакалавриат билимлендириў бағдарлары дизими билимлендириў тараўларыныӊ өзгешеликлеринен келип шыққан ҳалда Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен тастыйықланады.
2025-жыл 1-январьдан кәсиплик билимлендириў шөлкемлери педагог кадрларыныӊ маманлығын арттырыў оқыў режелерине «Германия тәжирийбеси» тийкарында питкериўшилерди баҳалаў бойынша оқыў курсы киргизиледи.
ӨзА