Өзбекстан Электрон ҳүкимет еки рейтингинде 24 текше жоқарылады

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Саудия Арабстанына сапары шеңберинде UNDESA басшысы БМШтың Бас хаткериниң орынбасары Ли Сзянхуа менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Ли Сзянхуа мәмлекетимизде электрон ҳүкимет тараўының раўажланыў жағдайы ҳәм бул бағдарда БМШтың электрон ҳүкимет раўажланыў рейтингинде Өзбекстанның орнын арттырыў, 2030-жылға шекем ТОП-30 мәмлекетлер қатарына кириў бойынша алып барылып атырған ис-ҳәрекетлерди жоқары баҳалады.
Өзбекстан быйылғы жылы Электрон ҳүкимет рейтингинде 6 текше жоқарылады. Индекстиң оғада жоқары (Very High EGDI) топарына қосылғаны, алдынғы рейтинде 18 текше көтерилип, улыўма 24 текше көтерилгени айрықша атап өтилди.
Ушырасыўда Самарқандта өткерилген БМШтың Мәмлекетлик хызметлер форумына таярлық жумыслары, форум темасы ҳәм тийкарғы баянатшылар бойынша пикир алысты.
Буннан тысқары, МКТ инфраструктурасын жетилистириў, электрон ҳүкимет рейтингинде Өзбекстанның орнын және де жақсылаў ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери да додаланды.
Соның менен бирге, санлы трансформация арқалы турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан БМШ пенен бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм алдынғы тәжирийбелерди енгизиў ҳәм турақлы, инклюзив ҳәм санлы раўажланыўға ерисиў бойынша биргеликте және де жедел ҳәрекет етиўге келисилди.
ӨзА