Абдулла Арипов Қырғызстанныӊ бас министри менен сөйлесиў өткерди

Абдулла Арипов Қырғызстанныӊ жаӊа бас министри менен сөйлести.
18-декабрь күни Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипова Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети Баслығы – Президент Администрациясы Басшысы Адилбек Касималиев пенен телефон арқалы сөйлесиў өткерди.
Сәўбет алдынан Өзбекстан Бас министри Адилбек Касималиевти Қырғызстан Бас министри етип тастыйықланғаны мүнәсибети менен қутлықлады.
Сондай-ақ, мәмлекет басшылары тәрепинен ҳүкиметлер алдына қойылған әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўда тығыз бирге ислесиў ҳәм саўда-экономикалық, транспорт-логистика, энергетика, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тараўларда ерисилген келисимлерди избе-из әмелге асырыўға исеним билдирилди.
Алдынырақ, Өзбекстан Бас министри қырғызстанлы кәсиплесине усы лаўазымға тастыйықланғаны мүнәсибети менен қутлықлаў хатын жиберген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги