Усы жылдың 8-16-февраль күнлери аралығында Жиззақ қаласында волейбол бойынша ҳаял-қызлар арасында ХХII Өзбекстан кубогы жарысы өткерилди. Жарыста 11 команда еки топарға бөлинген ҳалда жеңимпазлық ушын гүрес алып барды.

 

«Б» топарында барлық қарсыласларына ҳеш қандай имканият қалдырмаған Қарақалпақстан Республикасының Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы финалға жоллама алды.

 

Финалда «А» топарының жеңимпазы, Ташкент ўәлаятының Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң «СКУФ» командасы менен өз ара жарысқа түскен жерлеслеримизге бираз әўмет жетиспеди ҳәм жарыс жуўмағында 2-орынды ийеледи.

Жарыста Қарақалпақстан Республикасының Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы ағзалары Н.Рейимбаева «Ең жақсы жас ойыншы» ҳәм М.Камилжанова «Ең жақсы либеро ойыншысы» номинациялары бойынша сыйлықланды.

 

Спортшыларды жарысқа Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен тренер, Өзбекстан спорт ветераны, спорт устасы Азат Казаков таярлады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.