Египет халқының саны 100 миллион адамнан асты, мәмлекет президенти Абдулфаттоҳ ас-Сисидиң айтыўынша, ҳәзирги жағдайда бир шаңараққа еки бала да жетерли. Бул ҳаққында «Al-Ahram» газетасы жазбақта.

Исмоилиядағы медицина комплексиниң ашылыўында қатнасқан Ас-Сиси халықтың тез өсиўинен мәмлекет экономикасы қыйналып атырғанын атап өтти.

«Халықтың өсиўи қадағалаўға алынбайды екен екен, адамлар турмысы жақсыланбайды»,-деди Египет президенти.

Бул бойынша мәмлекет басшысы ҳүкимет исенимли илажлар қолланып машқаланы шешиў нийетинде емес екенин де қосымша етти.

«Халықтың өсиўине қаратылған ҳәм шаңарақларға барлық зәрүр хызметлер көрсетилетуғын бағдарлама үстинде ислеп атырмыз»,-деди Абдулфаттоҳ ас-Сиси.

Мағлыўматлар бойынша, Египетте ҳәр жылы еки миллион бала дүньяға келеди, бул болса мәмлекет денсаўлықты сақлаў тараўының бюджети кеминде 3,6 млрд. долларға арттырыўды талап етеди.

2016-жылы Египет халқы  90 миллион адам еди. Есап-санақлар 2030-жылға барып бул көрсеткиш 140 миллионға шекем жететуғынын көрсетип атыр.

 

Қарақалпақстан хабар агенлиги