2024-жылы болып өтетуғын Олимпиада ойынларына таярлық көриў шеңберинде Париждағы Эйфель минарасы кең көлемде реконструкцияланып, ол толық алтын реңге айланады. Буннан алдын 1968-жылы бул комплекстиң көриниси қоңыр тат түринен алтын реңге өзгертилген еди.

Time Out дәрегине бола, өткен жылы  басланған гезектеги бояў жумыслары 50 миллион евроға түседи. Рең бериў жумыслары 2022-жылы жуўмақланады ҳәм соннан кейин оның әтирапындағы парк те реконструкцияланады.

Минараның түрин өзгертиў ушын 19 қатламнан ибарат ески бояўларды көширип таслаў керек. Соннан кейин имараттың аўырлығы да бир қанша жеңиллесип қалады екен.

Франция пайтахтының дүрданасы есапланатуғын Эйфель 18 мың металл детальлардан ибарат болып, олар бир-бирине 2,5 миллион парчин шеге (мыйық) менен беккемлеп шығылған.

Жаңа бояў жумысларына 60 тонна бояў жумсалады. Бул оған гөззал көринис бериў жолындағы екинши илаж болып есапланады. Буннан алдын ҳәр жети жылда әмелге асырылып келинген бояў процесслери  тек ғана минараға атмосфераның зыянлы тәсирин азайтыўға хызмет ететуғын етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги