Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-февраль күни Ташкент қалалық ишки ислер бас басқармасына келди.

Дәслеп бас басқарманың мәлимлеме мультимедиа орайының жумысы менен танысты. Бул орай ең заманагөй техника ҳәм үскенелер менен тәмийинленген. Жынаят ҳәм ҳәдийселер ҳаққында оператив хабарлар таярлаў, брифинг ҳәм баспасөз әнжуманларын өткериў ушын барлық шараят жаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы бундай мәлимлеме орайы ҳәр бир басқармада болыўы кереклигин, системадағы өзгерислерди халыққа жеткерип, халықтың сергеклигин арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Ҳәзир ҳәмме телефонда, социаллық тармақларда. Адамларды ишки ислер бөлимине шақыратуғын ямаса қағаздағы мүрәжатын күтип отыратуғын заман өтип кетти. Енди район ҳәм қала басқармасын мәҳәлле менен байланыстыратуғын адамлар менен онлайн пикирлесетуғын программалық өним жаратыў керек. Пүткил ишки ислер системасы мәлимлеме технологиялар тийкарында ислеўи зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

 

 

 

 

Президент Ташкент қалалық ишки ислер бас басқармасы системасында пайдаланылып атырған арнаўлы техника ҳәм қуралларды көзден өткерди.

Сапар ўақтында Ташкент қалалық ишки ислер бас басқармасының даңқ музейи ашылды. Мәмлекетимиз басшысы оны кирип көрди.

Музейде тарийхтың ҳәр қыйлы дәўирлеринде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы басқышлары сәўлелендирилген. Басқарма жеке қурамының түрли жыллардағы хызмет кийимлери, табель қураллары, үскене ҳәм арнаўлы қуралларынан үлгилер көргизбеге қойылған.

Музейдиң айрықша бөлими ишки ислер уйымларының ветеранлары, хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қурбан болған хызметкерлерге бағышланған.

Бул жерде жәмийетлик тәртип ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, жынаятшылықты жылаўлаў жумысларын тиккелей мәҳәллелерде шөлкемлестириў, профилактика инспекторларының бул бағдардағы жумысын жетилистириў бойынша жаңа система жойбары таныстырылды.

Усы күни Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң кеңейтилген коллегия мәжилисинде қатнасты.

Мәжилисте ишки ислер уйымларының жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бағдарындағы жумыслары сын көзқарастан додаланды.

– Ҳуқық қорғаў уйымларында  барлық шараятларды жаратып, ең заманагөй техникаларды алып бердик. Үлкен ўәкиллик, күш ҳәм қураллар бар. Бирақ нәтийже күтилгениндей емес. Уйымлар бирлесип, вертикал басқарыўды дурыс шөлкемлестире алмай атыр. Олардың жумысынан халқымыз наразы, – деди Шавкат Мирзиёев.

Тәртип-интизам, нызамларға ҳүрмет, халықтың тынышлығы, бәринен бурын, мәҳәлледе   дурыс жолға қойылыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул бойынша көрилген дәслепки илажлар нәтийжесинде өткен жылы 4 мың 500 ден аслам мәҳәлледе ҳеш бир жынаят болмаған. Бирақ көп басшылар мәҳәллеге түсип ислемегени, машқалаларды өз ўақтында анықлап, шешпегени ақыбетинде айырым мәҳәллелерде жынаятлардың артқаны көрсетип өтилди.

Жынаятшылықты мәҳәллелерде жылаўлаў, профилактика инспекторының жумыс жүклемесин жеңиллестирип, нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

– Қайсы ҳәким профилактика инспекторын қабыл етип, сөйлести? Оның бир күнлик жумысын, шаңарақлық шараятларын үйренди? Ҳәмме «үлкен адам» участка инспекторына буйрық береди. Ол ҳәмме нәрсе менен шуғылланып атыр, көп ўақыт жоғалтып атыр. Тийкарғы жумысы қалып кетип атыр. Өзи ең үлкен мийнеткеш-профилактика инспекторы. Егер оған шараят жаратсақ, ол мәмлекеттен разы болып ислесе, көп мәселелер шешиледи, – деди Президент.

Ишки ислер уйымларының барлық буўынында қағазпазлық ҳәм бюрократияны кескин азайтып, жумыс жүргизиўди санластырыў ўазыйпасы қойылды. Сол мақсетте Ишки ислер министрлигинде мәлимлеме технологиялары бойынша өз алдына министрдиң орынбасары лаўазымының енгизилгени мәлим етилди.

Тараў ушын профессионал кадрлар таярлаўды жаңа басқышқа көтериў, профилактика инспекторлары ҳәм тергеўшилердиң билимин арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.

– Ишки ислер хызметкерлери күни-түни, ҳәр қандай шараятта ел хызметинде, – деди Президент. – Бул пандемия шараятында, Бухара ҳәм Сардобадағы аўыр күнлерде анық көринди. Басқа ўақытта қәўип-қәтер ҳәмийше олардың жанында. Мийнет ҳақысын белгилеўде буны есапқа алыў зәрүр. Соның ушын, усы жылы барлық ишки ислер хызметкерлериниң мийнет ҳақысы 30 процентке, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге тиккелей тартылған, әпиўайы етип айтқанда мәҳәлледе хызмет етиўши хызметкерлердиң мийнет ҳақысы болса 60 процентке арттырылады.

Мәжилисте айырым структуралардың басшылары лаўазымынан босатылды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша ишки ислер министри, ҳуқық қорғаў уйымларының аймақлық басқармаларының басшылары, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаят ҳәкимлери мәлимлеме берди.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

ӨзА