Малайзияның Bernama Миллий мәлимлеме агентлиги Өзбекстанның сыртқы сиясаты ҳәм халықаралық майданда мәмлекетимиздиң имиджине байланыслы мақала басып шығарды.

Онда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығындағы Өзбекстанның жаңа сыртқы сиясий модели бәринен бурын ишки раўажланыўдың тийкарғы бағдарларына тийкарланып, елимиздиң халықаралық экономикалық бирге ислесиўиниң кеңейип баратырғаны, сыртқы байланыслардағы экономикалық прагматизмниң беккемленип атырғаны атап өтилген.

Өзбекстанның Малайзиядағы елшиханасы өз билдириўинде бул имканиятлардан жедел пайдаланыў нәтийжесинде сырт ел инвестициялары ҳәм жаңа технологияларды тартыў, туристлер ағымын кеңейтиў, сондай-ақ, миллий өнимлердиң дүнья базарларына экспортын күшейтиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелелиги сезилерли дәрежеде артқанын атап өтти.

«Соңғы  төрт жыл ишинде инвестициялардың орташа жыллық өсиў пәти 22 процентти қураған. Тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 26,6 миллиард АҚШ долларын қурады, соның ишинде, тиккелей инвестициялар 17,5 миллиард АҚШ долларына жетти», делинеди мақалада.

Салыстырыў ушын: мәмлекет инвестицияларының бундай көлеми 2007-2017-жыллары дизимге алынған.

Қысқа ўақыт ишинде Өзбекстанда инвестициялардың улыўма көлеми 2,1 есеге артқан. Сырт ел инвестициялары болса 2,7 есеге көтерилгенин көриў мүмкин.

Мақалада атап өтилгениндей, 2019-жылы жалпы ишки өнимде (ЖИӨ) инвестициялардың үлеси биринши мәрте 38 проценттен жоқарылады. Бул келеси жыллары экономикалық өсиўди тәмийинлеў ушын беккем тийкар жаратпақта.

Билдириўде айтылыўынша, Шавкат Мирзиёев бас архитектор болған жаңа сыртқы сиясий модельдиң алты өзине тән өзгешелиги бар.

Булар барлық дәстүрий шериклер, сондай-ақ, жақын ҳәм алыс сырт еллер менен қатнасықларды орнатыўда прагматизм; көп қырлылық принципин алға қойыў, мәмлекеттеги сыртқы сиясаттағы жеделликке сүйениўи және регион ҳәм дүньяда даўам етип атырған процесслердиң пассив бақлаўшысы ролинен шығыўы; сыртқы сиясаттың ашық айдынлығы ямаса демократласыўы; конструктивизм.

Шавкат Мирзиёев 2020-жыл 29-декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжатында мәмлекеттиң сыртқы сиясий стратегиясын жетилистириў ҳәм бул тараўдағы жумыстың жаңаланған концепциясын қабыл етиў зәрүрлигин атап өтти.

Мәмлекет басшысы, сондай-ақ, Өзбекстанның ашық, конструктивлик сыртқы сиясатының избе-излигин тәмийинлеў зәрүр екенлигине де үлкен итибар қаратқан.

Елшихана мағлыўматларына бола, сыртқы сиясатты концептуаллық түрде ислеп шығарыўға болған талап Өзбекстанның избе-из өзгериўи ҳәм раўажланған базар экономикасы менен демократиялық ҳуқықый мәмлекетти қәлиплестириўдиң жаңа басқышына өтиў менен байланыслы екенлиги айтылған.

Жаңа сыртқы сиясат модели мәмлекеттиң ишки раўажланыўы ушын қолайлы орталықты үзликсиз қәлиплестириў, халықаралық майданда миллий мәплерди нәтийжели алға қойыў ҳәм экономиканың бәсекиге шыдамлылығын тиккелей арттырыўға қаратылған.

uza.uz

Қарақалпақстан хабар агентлиги