Быйыл Қарақалпақстан Республикасы бойынша 8500 гектар майданға жүзимбағларын жаратыў режелестириў белгиленген болып, соның ишинде Хожели районы бойынша 500 гектар жерге жүзим нәллерин егиў нәзерде тутылмақта.

Бул жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде район ҳәкимлиги тәрепинен «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы  «Жаңабай-Жәўлан» фермер хожалығында көргизбели семинар болып өтти.

 

 

 

 

Онда жергиликли қәнигелер менен бирге Ферғана ўәлаяты Қува районынан келген тәжирийбели бағманлар жүзим нәллерин егиў ҳәм оған тәрбия бериў усыллары туўралы семинар қатнасыўшыларына кең түсиниклер берди.

Ал, сол күни болса, «Жаңабай-Жәўлан» фермер хожалығының 1 гектар жерине Ферғана ўәлаятынан алып келинген жүзим нәллери егилди.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.