Хожели районында  58  мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери болып, солардан 22 си мәмлекетлик, 5 и мәмлекетлик жеке шериклик тийкарындағы, 31и  шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери болып табылады.

-Районымызда  3-7 жас аралығында балалар саны – 9294 болып, соннан
5681 яғный, 61,1 процент бала усы билимлендириў орынларына қамтып алынған,- дейди бизге Хожели районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң баслығы Гүлайым Халмуратова.- Ал, бақшаларға тартылмаған 3613 баланы бақашаларға қамтып алыў бойынша Хожели педагогикалық колледжиниң 5-блогынан 210 (2,1%) балаға мөлшерленген жаңадан мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин ашыў бойынша жумыслар алып барылмақта. Сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери жоқ мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларынан 6 жастағы балалар ушын бийпул миннетли  тәлим топарлары, 5-6 жастағы балалар ушын қысқа мүддетли топарлар шөлкемлестирилмекте. Усы шөлкемлестирилип атырған топарларға  155 (6,6%) баланы қамтып алыў режелестирилмекте. Усылар менен бир қатарда 2021- жыл ақырына шекем 25 орынға мөлшерленген 50 шаңарақ мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин ашыў режелестирилген…

 

 

 

Шынында да,  бул пикирлер әмелге асса, Хожели районы бойынша 2021-жылы 78,5 процент бақша жасындағы  балалар мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтып алынады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.