Бурынлары Тақыятас спорты дегенде халқымыз пүткил дүньяға танылған  аўыр атлетикашыларымыз Бахтияр Нурыллаев, Фазылбек Оразымбетов, Мансур Чашимов , Рустам Жаңабаев ҳәм олардың өсирип, тәрбиялаған пидайы тренер Абат аға Нурыллаевларды көз алдына келтирер еди.

Ал соңғы жыллары болса, районда спорттың басқа да түрлери ғалаба раўажланып,  тақыятаслы жаслар Қарақалпақстан, Өзбекстан ҳәм Азия көлеминде өткерилетуғын жарысларда да белсене қатнасып келмекте. Атап айтқанда, өткен 2020-жылдың өзинде  Тақыятас Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары самбо, қол урысы, белбеўли гүрес бойынша өткерилген Өзбекстан чемпионатында жеңимпазлықты қолға киргизиўге миясар болды.

Әсиресе, соңғы жыллары  спорттың шахмат түри де жақсы раўажланып, тақыятаслы шахматшылардың  даўрығы тек ғана Өзбекстанға емес ал, пүткил Азияға таралмақта. Бул сөзимизди  Маҳмудбек Қалмуратовтың  2015-жылы Сингапурда, 2018-2019-жыллары Махым Оразмуҳаммедованың Ташкент ҳәм Улан-Батор қалаларында өткерилген  Азия чемпионатларында еки рет  табыслы қатнасып қайтқанлығы айқын дәлийллейди.

 

 

-2019-жылы шәкиртим Махым Оразмуҳаммедова Улан-Батор қаласында өткерилген Азия бириншилигинде гүмис медальды қолға киргизип, жәҳән чемпионатына жоллама алған еди. Бирақ, пандемия себепли, шахмат бойынша жәҳән чемпионаты өткерилмей қалды,-дейди бизге Тақыятас районы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң шахмат бойынша тренери Абдикәрим Тураев.- Сондай-ақ, Бийбисара Қосыбекова, Бегиниш Тораев ҳәм  Селви Какишева сыяқлы оқыўшыларым да Өзбекстан чемпионы атанып, пүткил жәмәәтимизди қуўанышқа бөледи. Шәкиртлеримниң бул жетискенликлери маған және де айрықша күш-жигер бағышлайды…

Ҳақыйқатында да өз кәсибиниң пидайысы болған тренер Абдикәрим Тураевтың атап өткениндей, шәкиртлериниң қолға киргизип атырған бул үлкен жетискенликлери устаз ушын үлкен мәртебе болып, оны жаңа табысларға қарай алға талпындырады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.