Усы жыл 5-7-февраль күнлери аралығында пайтахтымыздағы Нөкис олимпиада резервлери колледжинде  спорттың дзюдо түри бойынша 2004-2005-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында  Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди. 

Жарыс халықаралық дзюдо қағыйдаларына муўапық алып барылып, онда Қарақалпақстан Республикасы денетәрбия ҳәм спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан дзюдо федерациясы  Қарақалпақстан бөлими тәрепинен усынылған төрешилер коллегиясы жарыстың әдил өтиўин бақлап барды.

Чемпионат жуўмағында ҳәр түрли салмақ категориясында жеңимпазлар анықланды.

 

 

 

Атап айтқанда, ер балалар арасында 50 кг салмақта Атабек Ерназаров,  55 кг салмақта Бегзат Амангелдиев, 60 кг салмақта Равшанбек Сапарбаев, 66 кг салмақта Асылбек Әмирниязов, 73 кг салмақта Бабур Атабаев, 81 кг салмақта Султан Маткаримов, 90 кг салмақта Мийрамбек Абдирасулов, +90 кг салмақта Аббас Саотовлар биринши орынды ийелеген болса, қызлар арасында 40 кг салмақта Үмида Ешниязова,  44 кг салмақта Гүлжаҳан Таңирбергенова, 48 кг салмақта Гөззал Кеңесбаев, 52 кг салмақта Асия Қуўанышбаева, 57 кг салмақта Жасмина Азатова,  63 кг салмақта Асал Жалғасбеава, 70 кг салмақта Шийрин Тоқтарбаева,  +70 кг салмақта Айзада Абылқасимовалар бириншиликти ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

(Сүўретлер М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген)