Шавкат Мирзиёев Ферғана ўәлаятына сапары ўақтында Риштон халықаралық гүләлшылық орайында «UzA», «O’zbekiston 24», «DaryoUz», «Uz24», «Darakchi», «Sevimli TV», «UzReport» ҳәм басқа ҒХҚ ўәкиллери менен 15 минутлық тиккелей сәўбетлесиў өткергени ҳаққында хабар берилди.

 

«Сизлер маған ийинлессиз, жәрдемиңизге сүйенемен. Әдилликти жеткериўден тоқтамаң, қорқпаң. Артыңызда Президент тур. Әдиллик, әдиллик, әдиллик! Және бир мәрте әдиллик. Бул жолдан артқа қайтпаймыз. Сизлер әдилликтиң тәрептары болсаңыз, ҳақыйқатты жазсаңыз, басшылар ҳәзир сизлерди жаман көриўи мүмкин, бирақ соңында ислей баслайды.

 

Бул системаның ислеўине тийкар болады. Мен сизлердиң жумысларыңызға әўмет тилеймен», – деп айтып өтти Президент ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.