Ташкентте 2-февраль күни ири халықаралық финанслық институтлардың басшылары қатнасыўында «Мозори-Шариф-Кобул-Пешавор» темир жолы қурылысының жойбарын әмелге асырыў бойынша Өзбекстан-Аўғанстан-Пакистан үш тәреплеме жумысшы топардың биринши мәжилиси болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы делегациясына Бас министрдиң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умурзоқов, Аўғанстан Ислам Республикасы делегациясына сыртқы ислер министри Муҳаммед Ҳаниф Атмар, Пакистан Ислам Республикасы делегациясына Бас министрдиң саўда, тоқымашылық санааты ҳәм инвестициялар мәселелери бойынша кеңесгөйи Абдул Раззоқ Довуд басшылық етти.

Бул илаж бир қатар жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм келисимлердиң жуўмағы бойынша Өзбекстан, Аўғанстан ҳәм Пакистан басшылары тәрепинен 2020-жыл 29-декабрьде ири халықаралық финанслық структураларға жолланған, «Мозори-Шариф-Кобул-Пешавор» темир жол қурылысының жойбарын қоллап-қуўатлаў усынысы билдирилген биргеликтеги мүрәжаттың логикалық даўамы болып есапланады.

Мәжилисте мәмлекетлеримиз арасындағы экономикалық байланысларды және де беккемлеў ҳәм Орайлық Азия регионы мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде стратегиялық әҳмийетке ийе болған Трансаўған темир жол жойбарының әмелий жақларына итибар қаратылды.

Жойбар Орайлық Азия мәмлекетлериниң экономикалық өсиўин тәмийинлеў, регионаллық байланысларды кеңейтиў ҳәм қатнасыўшы мәмлекетлердиң потенциалын түп-тийкарынан жоқарылатыў көзқарасынан оғада үлкен әҳмийетке ийе. Ең әҳмийетлиси, бул процессте, яғный регион мәмлекетлериниң интеграциясын раўажландырыўда Өзбекстанның кең көлемли басламасы, ҳәрекети Аўғанстан ҳәм Пакистан тәрепинен жоқары дәрежеде тән алынбақта.

Бүгинги күнде бул жойбарды биргеликте әмелге асырыўға Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Европа инвестиция банки, Ислам раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, АҚШ Халықаралық раўажланыў финанс корпорациясы тәрепинен үлкен қызығыўшылық билдирилген. Әнжуманда усы халықаралық структуралардың атынан қатнасқанлар жойбардың әҳмийетли екенлигин атап өтти. Өзбекстанның бул жойбарды алға қойыў бойынша қатаң ис-ҳәрекетлери қоллап-қуўатланды.

Тәреплер жойбардың дәслепки техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығыў, жойбаралды изертлеўлерди қаржыландырыў ҳәм темир жол қурылысын қысқа ўақытларда баслаў мәселелерин келисип алды.

Ҳәммемизге белгили, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Аўғанстан халықаралық теңиз портларына тиккелей шығыў имканиятына ийе емес. Соның ушын регионның халықаралық жүк тасыў транспорт-транзит қәрежетлери теңиз жолына еркин шыға алатуғын мәмлекетлерге қарағанда 2-3 есе жоқары. Бул машқала, әсиресе, COVID-19 пандемиясы дәўиринде анық жүзеге шығып, мәмлекетлераралық жүк тасыў процесин белгили түрде шеклеп қойды.

Бундай жағдайда «Мозори-Шариф-Кобул-Пешавор» темир жолы қурылысы Қубла Азия ҳәм Европа континенти арасында Орайлық Азия арқалы жүк тасыў мүддети ҳәм қәрежетлерин әдеўир азайтыў имканиятын береди. Усы тәризде, Пакистанның «Карачи», «Қосим» ҳәм «Гвадар» теңиз портларына шығыўды тәмийинлеп беретуғын жаңа Трансаўған темир жолы Орайлық Азияның транзит потенциалын түп-тийкарынан арттырады, жүк ағымын сезилерли түрде тезлестиреди, регионның Европа ҳәм Азияны ең қысқа қурғақлық жолы арқалы байланыстырыўшы әҳмийетли көпир сыпатындағы тарийхый әҳмийетин тиклейди.

Жойбардың турмысқа енгизилиўи, сондай-ақ, Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, он мыңлаған жаңа жумыс орынларын ашыў ҳәм қурылатуғын темир жолы бойлап мыс, қалайы, қорғасын, темир рудасы, мрамор, гранит, травертин сыяқлы көплеген пайдалы қазылмалардың бай резервине ийе жерлерди өзлестириў ушын шараят жаратыў арқалы усы мәмлекеттиң экономикалық жақтан өсиўге ерисиўинде шексиз әҳмийетке ийе.

Пайтахтымызда болып өткен ҳәр тәреплеме сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша жаңа темир жолды қурыў ушын қоспа халықаралық экспедиция шөлкемлестириў, геодезия, гидрогеология ҳәм топография изертлеўлерин алып барыўды нәзерде тутатуғын биргеликтеги илажлар режеси («Жол картасы») тастыйықланды.

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы