Нөкисте «Өзагролизинг» акционерлик жәмийети тәрепинен аўыл хожалығы техникаларына арналған көргизбели семинар болып өтти.

 Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары С.Хожаметов, «Өзагролизинг» акционерлик жәмийети баслығының орынбасары Б.Каримов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде аўыл хожалығы машина қурылысын раўажландырыў ҳәм тараўды заманагөй техникалар менен тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтилди.

 

 

  Атап өтилгениндей, аўыл хожалығы егинлеринен мол ҳәм сапалы өним алыў, тармақты нәтийжели усыллар тийкарында раўажландырыўда тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, машина-трактор парклерин заманагөй техникалар ҳәм агрегатлар менен тәмийинлеў әҳмийетли орын тутады. Жергиликли аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылып атырған заманагөй техникаларды республикамыздағы кәрханаларға, агрокластер ҳәм фермер хожалығына жеткерип бериўде соңғы жыллары «Өзагролизинг» акционерлик жәмийети тәрепинен айтарлықтай жумыслар алып барылмақта.

 

 

Соның ишинде Қарақалпақстан Республикасына өткен жылы 43 миллиард сумлық техника лизингке жеткерилип берилген болса, быйылғы жылы 148,8 миллиард сумлық 457 дана, яғный өткен жылға салыстырғанда 4 есе көп техника ҳәм агрегатларды жеткерип бериў нәзерде тутылған.

Бул жойбарларды қаржыландырыў ушын Қаржы министрлиги жанындағы аўыл хожалығын Мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры есабынан 180 миллиард сум, коммерциялық банклер ҳәм сырт еллердиң кредит линиялары есабынан 570 миллиард сум қаржы жумсалады.

 

 

Быйылғы жылы жәмийет жумысына сырт ел инвестицияларын (кредит, қарыз, грант ҳәм басқа) тартыў ушын ири төртлик (BIG, FOUR) халықаралық аудит компанияларының бирине халықаралық аудит стандарты бойынша унамлы шешим алыў режелестирилген.

-Бүгинги көргизбеге жергиликли аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған қырқтан аслам түрдеги заманагөй техникалар қойылған,-дейди «Өзагролизинг» акционерлик жәмийети баслығының орынбасары Бурхан Каримов.-Бурынлары тек пахташылық ҳәм ғәллешилик хожалықлары ушын техникалар жеткерилип берилетуғын болса, көргизбеге бағшылық, жүзимгершилик, шарўашылық, халықтың қыйтақ жерлери хызметлери, салыгершилик ушын техника  және суўды үнемлеўши технологиялар қойылған. Мақсетимиз, агрокластер ҳәм фермер хожалығының мүшкилин жеңиллестириў болып табылады.

 

 

-Техника дийқанның қол-қанаты,-деп бийкарға айтылмаған,-дейди Беруний районындағы «Алмаз» фермер хожалығының баслығы Алишер Якубов.-Көргизбеге соңғы маркадағы техникалар қойылған. Олардың арасында «Т-60 70», «Т-70 60» техникалары фермерлерде айрықша қызығыўшылық оятпақта.

Илаж шеңберинде лизинг тийкарында аўыл хожалығы техникаларын жеткериў бериўдиң абзаллықлары, бул бойынша ҳүкиметимиз тәрепинен белгиленген жеңилликлер бойынша презентациялар өткерилди.

 

 

 

 

 

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.