Президент Шавкат Мирзиёев 1-февраль күни инвестиция тараўына байланыслы бурынғы тапсырмалардың орынланыўы ҳәм жаңа жойбарлардың презентациясы менен танысты.
Усы жылы 11-январь күни коммерциялық банклер тәрепинен улыўма баҳасы 1 миллиард доллар болған инвестициялық жойбарлар және Ташкент қаласы ҳәкимлиги тәрепинен улыўма баҳасы 8,6 триллион сум болған 9 ири санаат жойбары таныстырылған еди.
Мәмлекетимиз басшысының көрсетпесине муўапық, усы жойбарларды сапалы әмелге асырыў бойынша илажлар, мүддетлер ҳәм жуўапкерлер белгиленген «Жол карта»лары ислеп шығылып, тастыйықланады.
Буннан тысқары, коммерциялық банклер тәрепинен қосымша түрде жаңа инвестициялық жойбарлар таярланды. Презентацияда усы жаңа жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап айтқанда, 10 ири коммерциялық банк тәрепинен улыўма баҳасы, 1,5 миллиард доллар болған 136 жаңа жойбардың усыныслары ислеп шығылды.
Соның ишинде, «Агробанк» тәрепинен тоқымашылық кластерлери менен биргеликте қосымша 43 жойбар қәлиплестирилген. Улыўма 501 миллион долларлық усы жойбарлардың нәтийжесинде пахта талшығын қайта ислеў дәрежеси бир қанша артып, таяр өнимлер ислеп шығарыў көлеми кеңейеди.
Миллий банк тәрепинен усы жылы 225 миллион долларлық 6 жаңа жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта. Мысал ушын, Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы және Наманган ўәлаятларында поливинилхлорид ҳәм алюминий айналар ислеп шығарыў, пайтахтымыз ҳәм Ташкент ўәлаятында поезд вагонлары және жүк машиналарына хызмет көрсететуғын транспорт-логистика орайын шөлкемлестириў жойбарлары мине усылар қатарына киреди.
«Өзсанаатқурылысбанк» тәрепинен «Ургут» еркин экономикалық зонасында 110 миллион долларлық жойбарды әмелге асырыў режелестирилмекте. Онда, жылына 600 мың тонна полат өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығы пайда болады.
«Ипотека-банк» Төменги Шыршық районында 27 гектардан аслам майданда заманагөй логистика жумысын шөлкемлестириў жойбарына инвестиция киргизбекши. Бул кәрхана бир ўақытта 120 жүк машинасы ҳәм 25 вагонға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болады.
«Асака» банк кредитиниң қатнасыўында пайтахтымыздың «Ески қала» аймағында Миллий саўда қалашасын шөлкемлестириў мөлшерленген.
Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарлар, бәринен бурын, жумыс орынларын жаратыў, экспортқа қолайлы өнимлерди ислеп шығарыўға қаратылған болыўы керек екенлигин атап өтти.
Экономикалық комплекс уйымлары жумысты мәҳәллелер дәрежесинде шөлкемлестириўи, коммерциялық банклер орынларда жоқары нәтийжели жойбарларды әмелге асырып, әсиресе, жас исбилерменлерге кең жол бериўи керек екенлиги атап өтилди.
Оның ушын мәҳәллелерде банктиң жаңа басқарыў системасын жолға қойыў, ҳәр бир район ҳәм мәҳәллениң имканиятларынан келип шыққан ҳалда жойбарларды таярлаў және халыққа оннан дәрамат табыўды үйретиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Презентацияда Ташкент қаласының Янгиҳаёт районында шөлкемлестирилген санаат зонасы аймағында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў режелери де таныстырылды. Бул санаат аймағы 200 гектар болып, онда қурылыс материаллары, азық-аўқат, текстиль ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли тараўларда улыўма баҳасы 4,6 триллион сумлық 71 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған.
ӨзА