Төрткүл районы орайында кросс жарысы болып өтти.

Оның ашылыў салтанатында район ҳәкими Р.Шамуратов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Р.Мамутов сөзге шығып, елимизде денетәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў, халқымыз, әсиресе жасларымыз арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша алып барылып атырған илажларға тоқтап өтти.

 

 

Елимиз басшысының 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында ҳәр бир шаңарақ, мәҳәлле, қала ҳәм районда, мектепке шекемги, улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билим бериў мәкемелеринде және басқа да шөлкемлерде денетәрбия ҳәм ғалабалық спорт пенен шуғылланыўға шараятлар жаратыў, ғалабалық спортты раўажландырыў бойынша шаңарақлар, класслар, мийнет жәмәәтлери ҳәм аймақлар арасында спорт жарысларын турақлы түрде өткериў саламат турмыс тәризин турмысқа кеңнен енгизиў ҳәм раўажландырыўдың тийкарғы бағдары етип белгиленди.

Төрткүл районы ҳәкимлиги, исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы районлық Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға 7 жастан 70 жасқа шекемги саламат турмысты қоллап-қуўатлаўшылар қатнасты. Жарыс жуўмағында ҳаял-қызлар арасында Шахло Илясова биринши, Динара Қабулжанова екинши, Роза Исламбаева үшинши, ерлер арасында Өткир Машарипов биринши, Шакир Аллаяров екинши, Шухрат Казаков үшинши орынларды ийеледи.

 

 

Жеңимпаз ҳәм белсене қатнасқанларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.