Қарақалпақстан Республикасында жайласқан аўылхожалық кәрханалары ҳәм агрокластерлерге зәрүр болған техникаларды лизинг тийкарында жеткерип бериўде «Ўзагролизинг» акционерлик жәмийети Қарақалпақстан филиалы жәмәәти бир қатар унамлы жумысларды әмелге асырып келмекте. Биз усы филиал директорыныӊ орынбасары Камалатдин Абдуллаев пенен ушырасып халқымызды қызықтырып киятырған саўаллар бойынша қысқаша сәўбетлестик.
– Камал Бахытлыбаевич, бүгин халқымызды лизинг хызмети ҳәм оныӊ банк кредитинен айырмашылығы неде деген саўал қызықтырмақта? Сиз бул бойынша қандай түсиник берген болар едиӊиз?
Лизинг хызмети бул финанслық ижараныӊ бир түри болып, бунда лизинг бериўши техниканы ѳзиниӊ мүлки сыпатында сатып алады ҳәм оны соӊын ала мүлк ҳуқықы ѳтиўи шәрти менен 12 айдан кем болмаған мүддетке пайдаланыўшы кәрханаға лизингке бериледи. Бунда лизинг тѳлемлери айма-ай яки шерек мүддет ишинде тѳленип барылып, техниканыӊ тѳлеми толық тѳленип болынғаннан соӊ лизинг алыўшыға мүлк ийеси ҳуқықы бериледи.
Ал, лизинг ҳәм банк кредитиниӊ айырмашылығына келетуғын болсақ, лизингкте сатып алынған техника лизинг мүддети тамамланғанша лизинг бериўшиниӊ атында турады ҳәм лизинг алыўшы усы ўақыт аралығында лизингке алынған техникаға мүлк салығын тѳлемейди
Банк кредити бойынша алынған техникалар болса, кредит алыўшыныӊ балансына қойылып, оған мүлк салығы салынады.
– Бүгинги күни «Ўзагролизинг» акционерлик жәмийети тәрепинен аўылхожалығы техникалары неше жыл мүддетке ҳәм қандай шәртлер тийкарында берилмекте?
-Ҳәзирги ўақытта жәмийетимиз тәрепинен лизинг шәртлери тѳмендегише етип белгиленген. Атап айтқанда, комбайн ҳәм пахат териў машиналары 7 жыл мүддетке 20 процент аванс, маржа болса Өзбекстан Республикасы Орайлық Банкиниӊ қайта қаржыландырыў ставкасыныӊ 50 проценти, тракторлар 5 жыл мүддетке 25 процент аванс, 26 процент маржа, техника ҳәм агрегатлар 2-3 жыл мүддетке 30 процент аванс, 26 процент маржа муғдарында берилмекте.
– Соӊғы жыллары лизинг тѳлемин тѳлеўде қандай ѳзгерислер жүз бермекте?
Ҳақыйқатында да соӊғы еки жыл ишинде Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 2-июльдағы 578-санлы қарары тийкарында, кѳплеген ѳзгерислер жүз берди. Атап айтатуғын болсақ, жоқарыда аты кѳрсетилген Президент қарары шыққанға дейин тракторлар ҳәм комбайнлар жеӊиллетилген процентлерде берилип келинген болса, қарардан соӊ лизингке алынған техникаларды субсидиялаў тәртиби енгизилди. Яғный, бунда лизинг шәртнамасы бойынша алынған тракторлар ушын белгиленген лизинг маржасыныӊ 10 проценти субсидия тийкарында Фонд тәрепинен қаплап бериледи.
Сондай-ақ, 2021-жылдан баслап Лизинг шәртнамасы бойынша техника тѳлемлери мүддетинен алдын тѳленсе, қалған мүддет ушын процент есапланбайтуғын болды.
– Кѳпшиликтиӊ хабары бар, 29-январь күни «Ўзагролизинг» АЖ Ӄарақалпақстан филиалында республикамыздағы барлық район ҳәкимликлери ҳәм агрокластер қатнасында кѳргизбели оқыў семинары болып, онда филиал тәрепинен буйыртпашылардан қанша техникаға буйыртпа алынды?
29-январ күни болып ѳткен кѳргизбеде республикамыздағы аўылхожалығы кәрханалары ҳәм кластерлерден жәми 15 млрд 396 миллион сўмлық техникаларға буйыртпа алынды.
Соныӊ ишинде Т 6070 , ТD 5.1104WD сүрим, Нурафшон Н81 культиватор тракторларына, ОВХ-600 бүркегишине, EurOpal 7 (4+1) плугына, РМУ-0,5 минерал тѳгин себиў агрегатына, Трицикл200СС мотоциклине, Мотоблокка буйыртпалар кѳп болды деп айта аламыз.
Сәўбетлескен: Әдилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.