Усы жыл 28-29-январь күнлери аралығында Қараөзек районында  спорттың «Өзбек жаўынгерлик өнери»  түри бойынша  жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди.

Жарысқа Нөкис қаласы, Тахтакөпир, Нөкис, Әмиўдәрья ҳәм Қараөзек районларынан  150 ден аслам  спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында командалық есапта Қараөзек районының спортшылары биринши, Нөкис қаласы спортшылары екинши, Тахтакөпир райоынының спортшылары үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм медальлар менен  сыйлықланды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги