Олимпиада резервлери колледжинде гүрес бойынша 2003-2005-жыллары туўылған жаслар ҳәм қызлар арасында Нөкис қаласы прокурорының кубоги ушын жарыс болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 4-ноябрьдеги «Гүрес миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм оның халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында прокуратура уйымлары тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Нөкис қаласы прокуратурасы, Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы  бөлими, Нөкис қалалық Денетәрбия ҳәм спорт бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген жарысты өткериўден мақсет,  спорттың усы түрин кеңнен раўажландырыў, спортшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў болып табылады.

Нөкис қаласы прокурорының кубоги ушын өткерилген жарысқа бес командадан 35 спортшы қатнасты. Беллесиўлерди Нөкис қалалық Денетәрбия ҳәм спорт бөлими тәрепинен тастыйықланған төрешилер қурамы бақлап барды.

Жарыс жуўмағында улыўма командалық есапта  Нөкис Олимпиада резервлери колледжиниң командасы биринши орынды жеңип алып, кубок жеңимпазы болды. Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң командасы екинши, республикалық қәнигелестирилген Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, Өзбекстан «Ёшлик» спорт жәмийети  Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң командалары үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазларын Нөкис қаласының прокуроры С.Иматов, Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы  бөлиминиң атқарыўшы директоры С.Жүсипбеков,  Нөкис қалалық Денетәрбия ҳәм спорт бөлиминиң баслығы Қ.Ержанов қутлықлап, оларға диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Шоманай  районынан Абай Аллаяров, Кегейли районынан Алтынай Жүгинисова «Ең жақсы төреши», Нөкис Олимпиада резервлери колледжиниң командасынан Бабур Абатбаев, Өзбекстан «Ёшлик» спорт жәмийети  Қарақалпақстан Республикасы бөлими командасынан Азада Медетбаева «Ең жақсы спортшы» номинациялары жеңимпазы болды.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери