Өзбекстан миллий валютасында белгиленген айрым акциз салығы ставкалары усы жылдың 1-февраль күнинен баслап көтерилиўи мәлим етилди, деп хабар бермекте «Kun.uz».

 

Атап айтқанда, айрым нефть өнимлериниң көтерилген салық ставкалары төмендегише болады:

 

– 1 тонна Аи-80 бензини 240 мың сум (2021-жыл 1-январьдан 200 мың сум еди);

– 1 тонна Аи-92, Аи-93 ҳәм Аи-95 бензини 275 мың сум (2021-жыл 1-февральға шекем 250 мың сум);

– 1 тонна дизель жанармайы 240 мың сум (40 мың сумға қымбатлайды).

 

Пандемия себепли миллий валютада белгиленген айрым акциз салығы ставкалары 2020-жылдың апрель-май айларында көтерилмегенлиги себепли 2021-жылдың февралынан баслап көтерилиўи күтилген еди.

 

Жоқарыдағы өзгерислер республикада ғалабалық түрде пайдаланылатуғын Аи-80 бензини мысалында 1 тоннасы 127 050 сумға (ҚҚСти есапқа алғанда 146 108 сумға) ямаса 1 литри 95 сумға (ҚҚСти есапқа алғанда 110 сумға) көтерилиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.