АҚШтың бурынғы елшиси Марк Гинсберг Alphabet Inc компаниясын судқа берди. Ол Telegram мессенджер бағдарламасын Google Play интернет дүкәнынан алып таслаўды талап етпекте. Елшиниң сөзлерине бола, зорлық, экстремизм ҳәм антисемитизмди үгит-нәсиятлаў ушын оғада қолайлы.
Telegramның тийкарын салыўшы Павел Дуров Капитолийдағы көтерилистен кейин компания модераторлары жүзлеген постларды алып таслағанын ҳәм зорлыққа шықырыўға жол қойылмайтуғынлығын атап өтти.
Сондай-ақ, Telegram нызамсыз өнимлерди сатыў ушын тийкарғы платформа болып хызмет етип атырғанлығы да қосымша етилди.
Миллети еврей, Израильда тәрбия алған Гинсберг суд даўаларында диний исеними себепли оған еки мәрте жанына қастыянлық етиў ҳәрекети шөлкемлестирилгенлигин айтпақта. Судта даўагер сыпатында көрсетилген оның «Қәўипсиз веб-сайт ушын коалиция» шөлкеми социаллық тармақтың алып тасланыўы, антисемитизм ҳәм экстремистлик топарлардың үгит-нәсияты азайыўына үлкен тәсир ететуғынлығын айтпақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги