«Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў» жойбары шеңберинде дәслепки жумыслар 2019-жылы Бостан каналының қурылысынан басланған еди. Усы жойбардан гөзленген баслы мақсет – халық ҳәм аўыл хожалығының суўға болған мүтәжлигин қанаатландырыўдан ибарат.

 

Жойбар шеңберинде 20 темир-бетон жол көпири қурылыўы жобаластырылған. Соннан Елликқала районында 5 жаңа автомобиль көпири қурылады. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, ҳәзирги ўақытта райондағы «Таза бағ» АПЖ аймағында «Бостан-Сарабий» автомобиль жолының Бостан каналы менен кесилискен орнында автомобиль көпириниң қурылыс жумыслары алып барылмақта.

 

Көпирдин улыўмалық баҳасы 4 миллиард 200 миллион сум болып, оның узынлығы 70 метрди қурайды.

 

Қурылыс жумыслары «TO’PALANG HPD HOLDING» ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылмақта.

 

Көпирдиң қурылыс жумыслары быйылғы жылы жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылыўы белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.