«Сайгачий» комплексли буйыртпаханасында орнатылған фото-қақпанға сайғақлар падасы түсти, деп хабар бермекте «Дарё» сайты Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетине тийкарланып.
2020-жылдың февраль айында да сайғақлар падасы фото-қақпанға түскен еди. Комитет соңғы бес жыл ишинде мәмлекетте сайғақлар популяциясы ушыраспағаны себепли бул өзине тән әҳмийетке ийе ҳәдийсе болғанын мәлим еткен еди.
Ҳәзирги ўақытқа келип сайғақлар азайып баратырған түр сыпатында Халықаралық ҳәм Өзбекстан қызыл китапларына киргизилген. Соның ишинде, Үстирт сайғақлары популяциясы азайып баратырғанлығы себепли оны сақлап қалыў ушын тийисли илажларды көриўди талап етеди.
Мағлыўмат ушын, «Сайгачий» қорықханасы 2016-жылы Қарақалпақстанның Мойнақ ҳәм Қоңырат районлары аймағында жайласқан «Сайгачий» буйыртпаханасы тийкарында тәбиятты қорғаў мәкемеси сыпатында шөлкемлестирилген. Оның мақсети айрықша экологиялық қунлылыққа ийе болған тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди өз аймағында тийкарғы тәбийғый жағдайында сақлаўдан ибарат.
Бул қорықхана улыўма мәмлекетлик әҳмийеттеги қорғалатуғын тәбийғый аймақ болып есапланады. 628 мың 300 гектар жер майданына ийе қорықхананың айрықша қорғалатуғын майданы 219 мың 800 гектарды қурайды. Майдан беске – Белеўли, Шурық, Алманбет, Дуўана ҳәм Жийдели аймақларына бөлинген.
2010-жылы Өзбекстан ҳәм Қазақстан ҳүкиметлери арасында сайғақларды қорғаў, көбейтиў ҳәм турақлы раўажландырыў бойынша өз ара келисим тастыйықланған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.