2020-жылдың январь-декабрь айларында Өзбекстанда газ импорты 50,4 миллион долларды қурады, бул 2019-жылға салыстырғанда 237,1 есеге көп. Бул ҳаққында Мәмлекетлик статистика комитетиниң сырткы саўда айланысы ҳаққындағы есабында атап өтилген, деп жазбақта «Газета.uz» сайты.

 

Энергетика министрлиги «Газета.uz» сайтының газди қай жерден ҳәм қанша көлемде импорт еткени ҳаққындағы сораўына жуўап бериўден бас тартқан. Сайттың дәреклерине қарағанда, газ Түркменстаннан сатып алынған.

 

Газ экспорты баҳасы бойынша 4,7 есеге, яғный 2,2 миллиард доллардан 478,1 миллион долларға кемейди. Бул Россияға газ экспортының тоқтатылыўы, сондай-ақ, коронавирус пандемиясы шараятында Қытайға жеткерип бериў көлеминиң үш есеге азайыўы себепли жүз берди. Ноябрь айының ақырында «Лукойл» Өзбекстандағы жойбарларда газ қазып алыўды жойбарлаў дәрежесин дерлик толық тиклегени мәлим болды.

 

Мәмлекетлик статистика комитетиниң мағлыўматларына қарағанда, 2020-жылы Өзбекстанда газ қазып алыў көлеми өткен жылға салыстырғанда 10,8 миллиард кубометрге ямаса 17,8 процентке, яғный 60,5 миллиардтан 49,7 миллиард кубометрге шекем кемейди.

 

Президент Шавкат Мирзиёев 16-декабрь күни Өзбекстанда күнине 20 миллион куб метр газ жетиспеўшилиги бар екенлигин айтты. Мәмлекет басшысы газ экспорты көлемин кемейтиўди буйырды, сол себепли қосымша түрде 7-8 миллион кубометр газ халықтың мүтәжликлерине бағдарланады.

 

«Интерфакс»тың хабарына қарағанда, 2020-жыл басынан берли Россияның «Газпром» компаниясы Өзбекстаннан дерлик ҳеш қандай тәбийғый газ сатып алмаған. Өткен жылдың 6 айы даўамында компания Өзбекстаннан импорт көлеми нольге тең болғаны ҳаққында хабар берген болса, 2020-жылдың 9 айы даўамында болса 20 миллион кубометр өзбек жанармайын сатып алғаны ҳаққында мәлим еткен. 2019-жылы «Газпром» Өзбекстаннан 7,6 миллиард кубометр газ сатып алған еди.

 

2021-жылдағы Мәмлекетлик бағдарлама жойбарына муўапық, 1-марттан баслап суйытылған газди алып кириў бажын бийкар етиў ҳәм электр және газдиң көтере базарын шөлкемлестириў жобаластырылған. Ири кәрханалар энергия дәреклерин импорт етиў ҳуқықын алыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.