Усы жылдың  19-20-январь күнлери аралығында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында профессор-оқытыўшылар арасында спорттың волейбол түри бойынша «Директор кубоги» ушын жарыс өткерилди.

Жарысқа филиалдың профессор-оқытыўшылары, филиал админстрациясы ҳәм хызметкерлеринен дузилген командалар қатнасты.

Жарыс Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған пәрманлардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилип, филиал жәмәәти арасында  спорт пенен турақлы шуғылланыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўди кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша усындай спорт жарысларын тураклы түрде өткериў жолға қойылмақта.

Жарыс жуўмағында филиалдың профессор-оқытыўшыларынан дүзилген ҳаял-қызлар командасы жеңимпаз болды.

Жарыс жеңимпазларына «Директор кубоги»  ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги