Усы жыл 18-22-январь күнлери аралығында пайтахтымыздағы «Туран» стадионында «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»на бағышлап 2003, 2005, 2006, 2007, 2009-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында  спорттың футбол түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы бириншилиги өткерилмекте.

Жарысты өткериўдеги мақсет – футболды раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў, жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў және республикамызда бул спорт түрин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыўдан ибарат.

Жарысқа Қарақалпақстан футбол ассоциациясы менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен бекитилген төрешилер қурамы ағзалары төрешилик етеди.

Футбол бойынша  ашық бириншилик жарысына Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық спорт мектеплери тәрбияланыўшыларынан дүзилген командалар қатнаспақта.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги