2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Президент Пәрманының жойбары улыўма халықлық додалаўға қойылды.
Оған бола Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў бойынша анық илажлар белгиленеди.
Усы ўазыйпаны орынлаў мүддетти етип 2021-жыл 1-март сәнеси белгиленген.
Орайлық сайлаў комиссиясы (келисим тийкарында), Министрлер Кабинети, Әдиллик министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәлимлеме технологиялары министрлиги, министрликлер ҳәм уйымлар усы процесске жуўапкер структуралар етип белгиленбекте.
Илажлар бағдарламасы ислеп шығылады.
Бағдарламада:
сайлаў комиссиялары ағзаларының сайлаў нызамшылығы ҳәм халықаралық стандартлар бойынша билимлерин системалы тийкарда қәлиплестириў;
халықаралық бақлаўшылар тәрепинен берилген оптимал усынысларды миллий нызамшылық ҳәм әмелиятқа енгизиў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
халықтың электораллық мәдениятын арттырыў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеў нәзерде тутылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги