Үстирт тегислигиндеги «Төменги Сүргил» кәниндеги 14-санлы қудықта 3800 метр тереңликте бурғылаў жумыслары басланған еди.
Усы кәндеги қудықтың 3700 метр ҳәм оннан артық тереңлигинен алынған жаңа геологиялық мағлыўматларды анализлеў процесинде, «Өзбекнефтьгаз» АЖ қәнигелери тәрепинен усы майданның төменги Юра қатламларында алдын мәлим болмаған, жаңа тәбийғый газ қатламлары анықланды.
«Төменги Сүргил» кәни аймағында анықланған жаңа қатламлардың перспективаларын баҳалаў мақсетинде тараў қәнигелери менен биргеликте усы қудықты 4300 метр тереңликке шекем бурғылаўға қарар етилди.
Белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде «Төменги Сүргил» кәниндеги 14-қудық 4300 метрге шекем нәтийжели бурғыланып, 3700-3800 метр аралықта жаңадан анықланған перспективалы қатламларды сынаў жумыслары әмелге асырылды.
Сынаў жумыслары нәтийжесинде қудықтан санаат типиндеги тәбийғый газ ҳәм газ конденсаты өнимлери алынды.
Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, алынған өнимлердиң көлеми суткасына 900 мың куб метрден аслам тәбийғый газ ҳәм 20 тоннаға шамалас газ конденсатын қурайды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.