Усы жыл 15-январь күни Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен пайтахтымызда жуўырыў марафоны өткерилди.
Марафонға «Шымбай гүзары» ҳәм «А.Досназаров» көшелери кесилиспесинде старт берилип, Нөкис қалалық 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби финиш сызығы етип белгиленди.
Оған улыўма билим бериў мектеплери, орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери оқыўшылары ҳәм жоқары оқыў орынларының студент жаслары ҳәм миллий гвардия, ишки ислер ҳәм әскерий бөлим хызметкерлеринен ибарат мыңға шамалас спортшылар қатнасты.
Ҳәр бир қатнасыўшы финиш сызығына бириншилерден болып жетип келиў ушын өзлериниң физикалық епшиллигин сынақтан өткерди.
Солай етип, жарыс жуўмағында ер балалар арасында Ж.Қайыпназаров биринши, Д.Шамуратов екинши, Н.Қалиллаев үшинши орынды ийелеген болса, қызлар арасында А.Сологува биринши, М.Абабекова екинши, Р.Қошмуратова үшинши орынды ийеледи.
Сондай-ақ, марафонда «Ең жасы үлкен жарыс қатнасыўшысы», «Ең жас жарыс қатнасыўшысы» ҳәм «Жарысқа деген умтылыўшылығы ушын» номинациялар бойынша да жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
– Жуўырыў марафоны көтериңкилик руўхта өткерилмекте. Бул спорт түри менен турақлы шығылланып киятырман, марафонда үшинши орынды ийеледим, келешекте финиш сызығына бириншилерден болып келиўге ҳәрекет етемен, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Раўшан Қошмуратова.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы