Вьетнам, Ҳиндстан ҳәм Қытай халқы COVID-19 вакциналарына болған исеними бойынша дүньяда жетекшилик етпекте.
Дүнья еркин базар изертлеўлери ҳәм жәмийетшилик пикири тармағы (WIN) кең көлемли сораў нәтийжелерине бола усындай жуўмаққа келди. Нәтийжелер шөлкемниң рәсмий сайтында жәрияланды.
Оған бола, вакциналарға болған жоқары исеним дәрежеси Азия-Тыныш океаны регионына туўра келген. Вьетнамда коронавирусқа қарсы шанышыўды қәлеп атырған пуқаралардың көрсеткиши 98 процентке жеткен. Ҳиндстан ҳәм Қытайда бул сан 91 процентти қураған.
Европада болса Дания ҳәм Финляндия бул дизимде жетекшилерге айланған. Бул мәмлекетлерде коронавирусқа қарсы шанышыўды қәлеген пуқаралардың үлеси сәйкес түрде 87 ҳәм 81 процентти қураған.
Бирақ айырым Европа мәмлекетлеринде процентлер төмен нәтийжени көрсеткен. Мәселен, Францияда қатнасыўшылардың 44 проценти, Хорватияда 41 проценти, Сербияда болса 38 проценти ғана вирусқа қарсы шанышыўға таяр екенлигин билдирген.
Ҳәммеси болып, сораўда 32 мәмлекеттен дерлик 27 мың адам қатнасқан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги