Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен орынларда бир қатар илажлар шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен «Динамо» денетәрбия ҳәм спорт жәмийети менен биргеликте спорттың «стол тенниси» түри бойынша жарыс өткерилди.

Жарыста бажыхана уйымларында хызмет ететуғын, жарыстың усы түрине қызығатуғын 22 хызметкер дәслеп топарларға бөлинип, соң жеке түрде өз-ара күш сынасты.

Жарыс жоқары көтериңкилик, өз-ара дослық руўхында болып өтти ҳәм қызғын беллесиўлерге бай болды.

Жеңимпазлар арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

              

Қарақалпақстан хабар агентлиги