Нөкис қаласындағы 50-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыўшылардың қысқы дем алыс күнлерин мазмунлы  өткериў мақсетинде «Кеўилли стартлар», волейбол ҳәм спорт  тенниси бойынша жарыслар шөлкемлестирилди.

Оның ашылыў салтанатында мектеп директорының орынбасары Э. Мәмбетова, жасларды шақырыққа шекемги басланғыш таярлық баслығы Б.Салиев, денетәрбия пәни муғаллими А.Турдымуратов шығып сөйлеп, өткерилип атырған жарыстың мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.

Усы күннин өзинде 3 ҳәм 4-класслардың оқыўшылары арасында «Кеўилли стартлар» жарысы өткерилди. Үш басқыштан ибарат жарыста 4-класстың оқыўшылары өзлериниң шаққанлығы менен көзге түсип, жеңиске еристи.

-Өткен жылы пайдаланыўға тапсырылған оқыў дәргайы «Телеорай» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары ушын әжайып саўға болды,-дейди мектеп директорының орынбасары Пердехан Палўанова.-Аймақ турғынларының балалары бурын 7-санлы, 38-санлы ҳәм 39-санлы мектеплерге қатнайтуғын еди. Мектебимизде оқыўшылардың терең билим алыўы ушын барлық шараят жаратылған. Бул жарысларды өткериўдеги мақсетимиз, оқыўшылардың бос ўақытларын кеўилли өткериў, олардың денетәрбия ҳәм спортқа болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм дөгереклерге кеңнен тартыў болып табылады.

Мектепте спорт жарыслары 9-январьға шекем даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги