Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжаты мәмлекетимизде бәрше тараўлардың сиясий раўажаланыўы жолындағы үлкен қәдем болды.
Атап айтқанда, Мүрәжатта келеси жылдың басынан ҳәр бир министрлик өз жумысын қала, район, аўыл ҳәм мәҳәлле кесиминде режелестиреди ҳәм шөлкемлестиреди. Яғный, усы аймақларда әмелде қандай өзгерис болғанлығына қарап жуўапкер хызметкерлердиӊ жумысына баҳа берилиўин, соныӊ менен бирге, мәмлекетлик уйымлардағы атқарыў тәртиби ҳәр айда сын қөз қараста додаланатуғынлығы айрықша атап өтилди.
Әсиресе, Президентимиздиӊ бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған жумыслар нәтийжеси мәҳәллелерде халықтыӊ кейпияты арқалы сезилиўин, «Мәҳәлле-жарқын жүзимиз ҳәм ҳүжданымыздыӊ айнасы» деген гәплери менен оғада тәсирли түсиник берди ҳәм барлық басшылар өз тараўы бойынша мәҳәллелердеги мәселелерди үйрениўи ҳәм унамлы шешим табыўда нәтийжели жумыс алып барыўы шәрт екенлиги айтылды.
Сондай-ақ, мәҳәлле баслықлары ҳәм оныӊ орынбасарларыныӊ ўәкилликлерин кеӊейтип, оларға халықтыӊ машқалаларын тиккелей шешиўге имканият жаратып бериў, бунда мәҳәлле баслығына жергиликли кеӊес мәжилисинде көрип шығылыўы шәртли болған мәселелерди көтерип шығыў ҳуқықыныӊ берилиўи оларға деген үлкен миннетлеме болса, ал, машқалалардыӊ өз шешимин табыўына үлкен имканият болды.
Мәҳәллелерде ислеўши тәжирийбели кадрларды мәмлекетлик басқарыў уйымларына басшы лаўазымларға усыныс етиў, ҳәттеки, ҳәким лаўазымына тайынланыўы мүмкин екенлиги, мәмлекетимиз тәрепинен мәҳәлле хызметкерлерин қоллап-қуўатлаўдыӊ еӊ жоқары дәрежедеги көриниси ҳәм үлкен исеним деп билемен.
Президентимиз тәрепинен бундай имканияттыӊ, жуўапкершиликтиӊ берилиўи мәҳәлле системасында алып барылып атырған жумыслардыӊ нәтийжелилигин арттырыўға, мәҳәлле басшыларыныӊ еле де өз үстинде шуғылланып билим ҳәм тәжирийбесин арттырып барыўға ийтермелейди.
Соны да айрықша атап өтиў орынлы, Нызамшылық палатасы ҳәм Сенат, Министрлер Кабинети менен биргеликте 2021-жыл 1-апрельге шекем «Жергиликли атқарыў ҳәм ўәкилликли уйымлар және мәҳәлле институты жумысын түп-тийкарынан жетилистириў» бойынша жаӊа Нызам ислеп шығылыўы әхмийетли жаӊалықлардыӊ бири болды.
Яғный, мәҳәлле басшыларыныӊ тийисли жоқары турыўшы уйымларға өз аймағындағы әҳмийетли мәселелер бойынша сораўларын бериў ҳуқықына ийе екенлиги нызам менен белгилеп қойылыўы мәҳәлле баслықларыныӊ ўәкилликлерин және де кеӊейтеди.
Биз, Мүрәжатты тыӊлай отырып, халқымыздыӊ бизден разы болыўы ушын, мәҳәлле системасында жанкүйерлик ҳәм жуўапкершилик пенен жумыс алып барыў, – еӊ баслы ўазыйпаларымыздыӊ бири екенлигин тереӊ аӊлаған ҳалда, Президентимиздиӊ исенимин ақлаўға бар билим ҳәм күш-ғайратымыз бенен ҳәрекет етиўимиз шәрт.
С.ТУРМАНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм
шаӊарақты қоллап-қуўатлаў министри.
Қарақалпақстан хабар агентлиги