Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 30-октябрьдеги  «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы  басқармасы тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Жаңа жыл байрамы алдынан тараў хызметкерлери арасында мини футбол бойынша Басқарма баслығының кубоги ушын жарыс болып өтти. Онда 6 командадан 60 тан зыят хызметкер қатнасты.

Жарыс жуўмағында басқарма аппараты хызметкерлеринен ибарат «Басқарма-1» командасы биринши, Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас ҳәм Нөкис районлары бөлимлери хызметкерлеринен ибарат «Орайлық аймақ» командасы екинши, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала ҳәм Төрткүл районлары бөлимлери хызметкерлеринен ибарат «Қубла аймақ» командасы үшинши орынларды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер  тәрепинен кубок, медаль ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы