Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм гүрес федерациясы тәрепинен шөлкемлестирилген кураш бойынша «Прокуратура палўаны» турнирине республикамыздың ўәкиллери мүнәсип қатнасып қайтты.
Өзбекстен Республикасы Президентиниң усы жыл 4-ноябрьдеги «Гүрес миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм оның халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары уллы бабаларымыздан бизге шекем мийрас болып қалған гүрес спортының бай дәстүрлери менен қәдириятларын келешек әўладқа жеткериў, жасларымыздың, жәҳән халықларының усы спорт түри менен турақлы шуғылланыўы ушын жетерли шараят жаратыўдан ибарат. Қарарда ҳәр жылы мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер хызметкерлери арасында кураш бойынша «Өзбек палўаны» республика жарысын өткериў белгиленген.
Прокуратура уйымлары хызметкерлери арасында өткерилген турнирде 57 килограмм салмақта Камила Сапарбаева биринши орынды ийелеп, турнир жеңимпазы болды. Сондай-ақ, 81 килограмм салмақта Расул Раметуллаев екинши, 66 килограмм салмақта Ахунжон Исламов үшинши орынларды қолға киргизди.
Палўанларды жарысқа Қарақалпақстан Республикасының аға тренери Ойбек Халиков таярлады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы